ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Әжайып жаңалық! Мойнақтан 25, Кегейли, Қараөзек, Тахтакөпирден 50 жас мединститутқа оқыўға қабыл етилди

Президентимиздиң усы жылдың 15-16-ноябрь күнлери Қарақалпақстанға сапары шеңберинде Нөкис қаласында өткерилген кеңейтилген мәжилисте мәмлекетимиз басшысы тәрепинен Мойнақ районынан 25 жасты педагогика, 25 жасты медицина тараўлары бойынша жоқары оқыў орынларына мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыл етиў ҳаққындағы тапсырмасы елимиз жаслары ушын үлкен жаңалық болған еди.

Ташкент педиатриялық медицина институты Нөкис филиалы ҳәм Қарақалпақстан Республикасындағы жоқары оқыў орынларының тийисли тәлим бағдарларына ҳүжжет тапсырып, тест сынақлары нәтийжесине муўапық оқыўға усыныс етилмеген, бирақ топлаған баллары 56,7 балл ҳәм оннан жоқары болған абитуриентлер есабынан Мойнақ районында турақлы жасайтуғын 25 абитуриент Ташкент педиатриялық медицина институты Нөкис филиалының тийисли медициналық тәлим бағдарларына мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыл етилди.

Сондай-ақ, Ташкент педиатриялық медицина институты Нөкис филиалының тийисли тәлим бағдарларына ҳүжжет тапсырып, тест сынақларының нәтийжесине муўапық оқыўға усыныс етилмеген, бирақ топлаған баллары 68,0 балл (төлемли контракт ушын 56,7 балл) ҳәм оннан жоқары болған абитуриентлер есабынан Қарақалпақстан Республикасының ең алыс – Кегейли, Қараөзек ҳәм Тахтакөпир районларында турақлы жасап атырған 50 абитуриент (25 и мәмлекетлик грант, 25 и төлемли контракт тийкарында) тийисли медициналық тәлим бағдарларына студентликке қабыл етилди.

 

Ислам Матеков.