Институтымыз психологы шет тиллери ҳәм филология факультетлеринде шаңарақ психологиясы бойынша жыйналыс өткерди
Институтымыз психологы Г.Төрениязова усы жылдың 14-декабрь күни шет тиллери ҳәм филология факультетлериниң 3-курс студентлери арасында «Бахытлы шаңарақ, ер ҳәм ҳаял адам психологиясы» атамасында жыйналыс өткерди.
Жыйналыста институт психологы шаңарақтағы тыныш ҳәм татыў турмыс, бахытлы шаңарақ қурыў бойынша мәсләҳәтлер берип, жаслардың ҳәр дайым разы болыў, ишки әлемди тынышландырыў, кешире билиў, өзине исеним, өмирде мақсет қойыў, жаман ой ойламаў, жан тазалығы, ой тазалығы, тилге абайлы болыў, нени әрманлайсыз сол ҳаққында көбирек сөйлеў, өмирди сүйиў кереклиги ҳаққында айтып өтти.
Жыйналысларда факультетлер деканларының руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша орынбасарлары, ҳаял-қызлар комитети шөлкемлери басшылары қатнасты.