Психология кафедрасында мектеп жасындағы балалардың логикалық ойлаўын үйрениў бойынша семинар болып өтти
15-декабрь күни институтымыздың педагогика факультети психология кафедрасы оқытыўшысы Г.Худайбергенованың шөлкемлестириўинде «Киши мектеп жасындағы балалардың логикалық ойлаўын үйрениў» атамасында семинар-тренинг болып өтти.
Оған кафедра жанында шөлкемлестирилген «Жас психолог» дөгерегиниң ағзалары қатнасты.
Семинарда қатнасыўшылар тәрепинен балалардың ойлаў дәрежеси ҳаққында, инсан ойлаўының қай дәрежеде раўажланғанлығын анықлаў бойынша бир неше методикалар үйренилди.
Бул методикалар арқалы студентлердиң усы бағдардағы көнликпелери артты.