Институтымыз магистрантлары социал-гуманитар илимлердиң раўажланыў мәселелерине арналған халықаралық конференцияда белсене қатнасты
Хабарыңыз бар, усы жылдың 14-15-декабрь күнлери институтымызда «Социал-гуманитар илимлердиң актуал мәселелери: раўажланыў перспективалары» атамасындағы халықаралық илимий-теориялық конференция болып өтти.
Конференцияға институтымыздың магистратура бөлими магистрантлары өзлериниң илимий мақала ҳәм тезислери, баянатлары менен белсене қатнасты.