ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Қарақалпақстанда биринши мәрте январь айында IELTS сертификаты берилетуғын орай ашылады. Орай институтымызда жумыс баслайды

Усы жылдың 17-декабрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында GRBS Халықаралық оқыў ҳәм имтихан орайы шөлкемлестириўшиси ҳәм бас директоры Баҳром Гурбанов пенен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда институт ректоры Б.Отемуратов ҳәм халықаралық орай директоры, сондай-ақ, оның ўәкиллери менен еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша сәўбетлесиў өткерилди.

GRBS Халықаралық оқыў ҳәм имтихан орайы шөлкемлестириўшиси ҳәм бас директоры Баҳром Гурбанов Өзбекстанның билимлендириў систмасының сапасын арттырыўға жәрдемлесиў, жаслардың халықаралық жәмийетшиликке интеграцияласыўына көмеклесиў ҳәм мәмлекеттеги кадрлардың профессионаллық таярлығын және көнликпелерин арттырыў мақсетинде жумыс алып барып атырған орай ҳаққында кең түрде тоқталды.

GRBS Халықаралық оқыў ҳәм имтихан орайы 2005-жылы ҒМДА еллери арасында усыныс етилип атырған хызметлер ҳәм билимлендириў сапасын баҳалаў ушын ISO:9001 менеджмент системасын енгизген биринши оқыў мәкемеси сыпатында Әзербайжанда шөлкемлестирилген. Бул халықаралық орай билимлендириў тараўында дүньяда жетекши болған ACCA, NEBOSH, PMI, Pearson VUE, Kryterion, Cisco Academy, PTE, TOEFL, IELTS, Prometric, BSI, Microsoft сыяқлы халықаралық шөлкемлерде аккредитациядан өткен ҳәм усы шөлкемлердиң халықаралық квалификациясын тастыйықлайтуғын ҳүжжетлерге ийе болыўды қәлейтуғынлар ушын тест сынақларын өткериў ҳәм оларды халықаралық ҳуқық талапларына сәйкес белгиленген тәртипте ҳүжжетлестириў ҳуқықына ийе болып табылады.

Өзбекстанда көп жыллардан берли нәтийжели хызмет көрсетип киятырған Гейдар Алиев атындағы Әзербайжан мәденият орайы ҳәм Әзербайжанның Өзбекстандағы елшиханасының басламасына муўапық, GRBS Халықаралық оқыў ҳәм имтихан орайы басшылары ҳәм қәнигелери Қарақалпақстандағы билимлендириў мәкемелери менен биргеликте шет тиллери, дефектологияға ҳәм басқа да қәнигеликлер ушын әҳмийетли болған билимлендириў бағдарламаларын биргеликте әмелге асырыў сапардан гөзленген баслы мақсет болып есапланады.

Ушырасыўдан соң институт базасында инглис тили бойынша билимлерди баҳалаўдың халықаралық системасы – IELTS сертификатларын беретуғын орай ашыў ушын тийисли орынлар көзден өткерилди.

18-декабрь күни институт ректоры Б.Отемуратов басшылығындағы мийманлар институт академиялық лицейи базасында болып, бул жерде Foundation бағдарламасы тийкарында химия, биология, физика тараўлары бойынша шет еллерде оқыў және илимий изертлеў жумысларын алып барыўды мақсет еткенлер ушын орай, сондай-ақ, 4-16 жастағы балалар ушын инглис тилинде оқытылатуғын «IT School» ашыў ушын шараятлар менен танысты.

Усы күни институт ректоры Б.Отемуратов ҳәм GRBS Халықаралық оқыў ҳәм имтихан орайы шөлкемлестириўшиси ҳәм бас директоры Баҳром Гурбанов арасында бирге ислесиў бойынша меморандумға қол қойылды.

Меморандумға муўапық, келеси жылдың январь айынан баслап Қарақалпақстанда IELTS сертификатлары берилетуғын орай Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты базасында жумыс баслайтуғын болды.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.