ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Республикалық «Тараққиёт» таңлаўында институтымыз профессор-оқытыўшылары табыслы қатнаспақта

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 30-майдағы «Перспективалы басқарыў кадрларын таңлаў тийкарын сайлап алыўдың заманагөй системасын жаратыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық перспективалы басқарыў кадрларының системалы түрде сайлап алыныўын тәмийинлеў, сондай-ақ, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў органлары, жергиликли атқарыў ҳәкимияты органлары, басқа мәмлекетлик органлар ҳәм шөлкемлер системасында олардың кәсиплик көнликпесин үзликсиз арттырып барыўға көмеклесиў мақсетинде ҳәр 3 жылда перспективалы басқарыў кадрларын сайлап алыў бойынша «Тараққиёт» республикалық таңлаўы өткерилип келинбекте.

Таңлаўға институтымыздың оқыў-методикалық басқарма баслығы Р.Ешмуратов ҳәм географияны оқытыў методикасы кафедрасы оқытыўшысы Н.Өтеновлар табыслы қатнаспақта.

Усы жылдың 16-декабрь күни Үргениш мәмлекетлик университетинде таңлаўдың информациялық-аналитикалық материал таярлаў басқышы болып өтти. Онда институтымыз ўәкиллери жақсы нәтийжелерди қолға киргизди.