Шет тиллери факультетинде жас дөретиўшилер ушын «Жайҳун» дөретиўшилер аўқамы жумыс баслады
Институтымыздың шет тиллери факультетинде оқып атырған студентлер арасынан жас дөретиўшилерди излеп табыў, оларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Жайҳун» дөретиўшилер аўқамы өз жумысын баслады.
Дөретиўшилер аўқамының ашылыў салтанатына факультет деканы И.Дильманов қатнасып, аўқам жумысларына табыслар тиледи.
Буннан соң быйылғы оқыў жылында Әжинияз атындағы стипендия жеңимпазы болған факультет студенти А.Муҳаммедяров ҳәм клубтың 14 ағзасын бәрқулла қоллап-қуўатлайтуғынлығын билдирди.
Рус тили ҳәм әдебияты кафедрасы баслығы Э.Ешниязова да бул унамлы баслама екенлигин, жасларға ҳәмийше жәрдем бериўге тайын екенлигин атап өтти.
Машҳура Давлетова,
Шет тиллери факультети студенти.