ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Дене мәденияты факультетиниң 3 студенти жеңил атлетика бойынша жарыста жеңимпаз болды

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жылдың 13-декабрь күнги пәрманы тийкарында елимизде 15-декабрьден 15-январьға шекем «Әскерий ўатан сүйиўшилик айлығы» деп жәрияланып, айлық шеңберинде бир қатар спорт ҳәм саламатлық илажлары өткерилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Арқа-батыс әскерий округы тәрепинен шөлкемлестирилген «Ўатан – муқаддес, оны қорғаў уллы ўазыпамыз» атамасында өткерилген спорттың жеңил атлетика түринен жуўырыў марафонында институтымыздың дене мәденияты факультетинен бир топар студентлер қатнасып, жеңимпазлықты қолға киргизди.

Атап айтқанда, факультеттиң 1-курс студентлеринен Қ.Әбдимуратов 1-орынды, У.Базарбаева 2-орынды ҳәм Ф.Шамуратова 3-орынды ийелеп, диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.