Институтымыздың 2 студенти «Жаслар аўқамы тәлим гранты» жойбарының жеңимпазы болды

Өзбекстан жаслар аўқамы тәрепинен бағыўшысынан айрылған, имканияты шекленген ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж болған, жоқары оқыў орынларында төлемли контракт тийкарында оқып атырған студентлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ушын «Жаслар аўқамы тәлим гранты» жойбары әмелге асырылып келинбекте.

Быйылғы оқыў жылында  усы жойбарда Қарақалпақстаннан жәми 15 студент жеңимпаз деп табылған болып, олар арасында институтымыздың 2 студенти де бар. Олар дене мәденияты факультети 1-курс студенти Г.Қутанова ҳәм тарийх-география факультети 2-курс студенти М.Уснатдинов болып есапланады.

Өзбекстан жаслар аўқамы студентлердиң төлемли контракт суммасының 50% ин төлеп беретуғын болды.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.