Мектепке шекемги тәлим кафедрасы оқытыўшылары 8-санлы мектепте мастер-класс өткерди

Усы жылдың 18-декабрь күни институтымыздың мектепке шекемги тәлим кафедрасы оқытыўшылары Г.Тасбаева, Ш.Өтениязова, А.Сапаров ҳәм магистрант Ҳ.Шамуратова Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 8-санлы улыўма билим бериў мектебинде «Мийнет тәрбиясының әҳмийети» темасында мастер-класс өткерди.

Кафедра оқытыўшылары тәрепинен мектеп оқыўшылары арасында ақылый ҳүжим, терек, кластер методлары тийкарында интерактив ойынлар шөлкемлестирилди, тема бойынша баянатлар жасалды ҳәм аңызлар оқып берилди.