Интизамлы студент – келешек муғаллими
Институтымыздың студентлер турақ жайында филология факультети студентлери менен қарақалпақ əдебияты кафедрасы оқытыўшылары С.Баўетдинова ҳəм З.Қытайбековалардың қатнасыўында «Интизамлы студент – келешек муғаллими» атамасында сəўбет өкерилди.
– Инсанға бесиктен қəбирге шекем тəрбия керек, деген данышпанлар. Биз тəрбияның оғада қурамалы екенлигин билемиз. Шаңарақтан басланған ата-ана тəрбиясынан баслап жəмийетлик тəрбиялардың, яғный биз бенен сиз жасап турған ҳəр қыйлы орталықлардың инсан ушын əҳмийети оғада уллы. Мəселен, сизлер мектеп орталығынан баслап-ақ өзлериңиз унатқан муғаллимиңиздиң қандай да бир пазыйлетлерин үлги етип алғансыз, унатқансыз ҳəм усы жөнелисте өз-өзинен педагогикалық кəсипти таңлағансыз.
Мине, бүгин сизлер таңлаған кəсибиңизди ийелеў ушын Әжинияз атындағы Нөкис мəмлекетлик педагогикалық институтында оқып тəлим-тəрбия алып атырсыз.
«Студентлик – алтын дəўир»иңизде алған ҳəр бир тəлимиңиз ҳəм тəрбияңыз сизиң келешегиңизди белгилейди.
Сизлер ҳəмме ўақытта алған тəлимиңиз бенен бирге тəрбияны да жоқары инабат пенен тутсаңыз, интизамлы студент болсаңыз, келешекте өз кəсибиңиздиң жетик маманы болып, жақсы устаз бола аласыз.
Тил менен айтыў аңсат, бирақ оны əмелде ҳəрекет пенен орынламасаң, өзиң жерде, қыялларың аспанға ушып кетеди.
Ҳəр бир бос ўақытты өнимли пайдаланайық, китап оқыйық. Китап ҳəмме ўақытта сумкамызда, төс қалтамызда жүрсин. «Китап – билим булағы», «Китап сизиң ең жақсы достыңыз», – деп айтып өтти кафедра оқытыўшылары.