Психология кафедрасында психодиагностикалық методикаларды қолланыў бойынша семинар болып өтти

Усы жылдың 20-декабрь күни институтымыздың педагогика факультети психология кафедрасында оқытыўшылар Р.Ибрагимова ҳәм А.Даукеевалардың шөлкемлестириўинде психодиагностикалық методикаларды қолланыўды үйрениў бойынша семинар-тренинг болып өтти.

Семинарға «Жас психолог» дөгерегиниң ағзалары қатнасты.

Илажда инсанның билиў процесин үйрениўге бағышланған бир неше методикалар үйренилип, дөгерек ағзалары арасында әмелий шынығыўлар арқалы беккемленди.

Студент-жаслар семинар арқалы психодиагностикалық методикаларды қолланыўды үйренип, көнликпелерге ийе болды.