ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Математика-информатика факультетинде «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўы болып өтти

Усы жылдың 21-декабрь күни институтымыздың математика-информатика факультетинде жаңа жыл алдынан профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлерге хош кейпият уласыў, қәбилетли жасларды анықлаў ҳәм оларды хошаметлеў мақсетинде «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўының факультет басқышы болып өтти.

Таңлаўға факультеттиң барлық тәлим бағдарларынан командалар қатнасты.

Қызықлы өткен таңлаў жуўмағына бола, 1-орынды математиканы оқытыў методикасы тәлим бағдарының 2-курс қарақалпақ топарының «Айбек ағаның еркетай балалары» ҳәм өзбек топарының «Оригинал» командалары, 2-орынды математиканы оқытыў методикасы ҳәм информатиканы оқытыў методикасы тәлим бағдарларының 2-курс студентлеринен дүзилген «Үш мушкетёр» командасы, 3-орынды информатиканы оқытыў методикасы тәлим бағдарларының 1-курс қарақалпақ топарының «Wi-Fi» командасы ийеледи.

 

Айсулыў Утепбергенова,

Математика-информатика факультети студенти.