Музыкалық тәлим кафедрасы оқытыўшылары ҳәм студентлери Қазақстан жоқары оқыў орынлары менен онлайн түрде мастер-класс өткерди
Усы жылдың 20-декабрь Қазақстан Республикасы Қ.Жубанов атындағы Ақтөбе регионаллық университети музыкалық билим кафедрасы аға оқытыўшысы, көркем өнер илимлериниң кандидаты Абдирашид Раимбергенов институтымыздың музыкалық тәлим кафедрасы профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлерине онлайн мастер-класс өткерди.
Мастер-класста онлайн конференция тәризинде Қурманғазы атындағы Алматы мәмлекетлик консерваториясы профессоры, мәденият ғайраткери, «Көкил» көркем өнер колледжиниң директоры Абдулхамид Раимбергенов өзиниң дәстүрий халық дөретпелери ҳаққындағы пикирлери ҳәм атқарыў усыллары ҳаққындағы баянаты менен қатнасты.
Бул онлайн конференция сабақта халық аңызларын халықлар арасында атқарыўшылық қәбилети ҳаққында саўбет болып, жыраўшылық ҳәм бақсышылық атқарыўшылық мектеплери ҳаққында, салыстырмалы дәст урыў жоллары туўралы кең түсиниклер берилди. Қарақалпақ намаларын қазақ домбырасында, қазақ күйлерин қарақалпақ аламойнақ дуўтарында атқарыў мүмкиншиликлери ҳаққында пикирлесилди.
Бул онлайн сабағымыз биз педагоглардың педагогикалық дөретиўшилигинде раўаж, ал бағдарымыз студентлери ушын мазмунлы ҳәм үлгили сабақ болып, оларда жақсы тәсир қалдырды.
С.Е.Романова,
Музыкалық тәлим кафедрасы үлкен оқытыўшысы, п.и.к.