ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

2019-жылы неше гектар жерге пахта егилетуғынлығы мәлим болды

2019-жылы пахтаны сортлары бойынша жайластырыў ҳәм пахта шийки затын жетистириўдиң прогнозлық көлемлери ҳаққындағы ҳүкимет қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.

Қарарға муўапық, 2019-жылы Өзбекстан бойынша 1 миллион гектардан аслам жер майданына пахта егиў жобаластырылған.

Ҳәкимликлер ҳәм тийисли жуўапкер шөлкемлерге 2019-жылы пахтадан қысқартылған жер майданларына пахтаны қайта жайластырмаў бойынша қадағалаўды күшейтиў тапсырылды.

2019-жылдың өниминен жетистирилетуғын орташа талшықлы пахтаның 2-санаатлық сорты 1-класс пахта шийки затының ҳәр бир тоннасы ушын кепиллик берилген мәмлекетлик сатып алыўының орташа баҳасы 4 000 000 сум етип белгиленди.

2019-жылдың пахта өними ушын Әндижан ўәлаятында 50 мың гектарлық майданға плёнка астына шигит егиледи.

2019-жыл пахта өними ушын егиўге арналған туқымлық шигит «Өзпахтасанаат» акционерлик жәмийети ямаса пахта-тоқымашылық өндириси ҳәм кластерлери шөлкемлери системасы шеңберинде реализацияланғанда ямаса фермер хожалықларына сатылғанда қосымша қун салығынан азат етиледи.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.