ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

1-январьдан баслап физикалық шахслардың дәраматлары 12 процентлик ставка бойынша салыққа тартылады

Өзбекстан Республикасы Президенти «Салық ҳәм бюджет сиясатының 2019-жылға арналған тийкарғы бағдарлары қабыл етилгени мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айрым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамға қол қойды.

Ҳүжжет тийкарында Өзбекстан Республикасының Салық кодекси 181-статьясы төмендеги редакцияда баянланды:

«181-статья. Өзбекстан Республикасы резидентлери болған физикалық шахслардың дәраматларына белгиленетуғын салық ставкалары

Өзбекстан Республикасы резиденти болған физикалық шахстың дәраматлары, буған дивидентлер ҳәм процентлер тәризинде төленетуғын дәраматлар кирмейди, 12 процентлик ставка бойынша салыққа тартылады.

Өзбекстан Республикасының резидентлерине дивидентлер ҳәм процентлер тәризинде төленетуғын дәраматлар 5 процентлик ставка бойынша салыққа тартылады».

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.