Педагогика кафедрасында билимлендириўде «Case study» технологиясын қолланыў бойынша ашық сабақ болып өтти
Институтымыздың педагогика кафедрасы үлкен оқытыўшысы Т.Сапарбаева тәрепинен педагогика-психология тәлим бағдарының 4-г курс студентлерине жобаға сәйкес түрде педагогикалық технология пәнинен «Билимлендириўде «Case study» технологиясы» атамасындағы ашық сабақ шөлкемлестирилди.
Ашық сабақта оқытыўшы тәрепинен заманагөй педагогикалық технологиялардың әҳмийети, «Case study» технологиясының өзгешеликлери әмелий шынығыўлар ҳәм тапсырмалар арқалы ашып берилди.
Г.Сметова,
Педагогика факультети студенти