ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Филология факультети студентлери әскерий хызметкерлер менен ушырасыў өткерди

2018-жылы 24-декабрь күни институттың киши мәжилислер залында Филология факультети студентлери менен әскерий хызметкерлер ҳәм әскерий хызметтен ҳүрметли демалысқа шыққан нураныйлар қатнасыўында «Мәртлик ҳәм қаҳарманлық сабақлары» атамасында ушырасыў болып өтти. Бул ушырасыў 14-январь «Ўатан қорғаўшылары күни» мүнәсибети менен 15-декабрьден 15-январь аралығында «Әскерий ўатансүйиўшилик айлығы» шеңберинде әмелге асырылатуғын илажлар бойынша тастыйықланған Жол картасы тийкарында өткерилди.

Ушырасыўды Филология факультети деканының жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша орынбасары Пердеғалий Дабылов кирис сөзи менен ашып берди ҳәм алып барды. Ушырасыўдың «Мәртлик ҳәм қаҳарманлық сабақлары» деп аталған тийкарғы бөлиминде Нөкис қаласындағы 7261-санлы Әскерий бөлим хызметкерлери ҳәм нураныйлары майор А.Султанов, сержант Ҳ.Эрназаров, киши сержант Х.Джаббаров, қатардағы әскер Ш.Азимов, мийнет нураныйы Н.Шахмардановлар студентлерге өзлериниң кәсиплик тәжирийбеси, хызмет бабындағы қызықлы ўақыялар, ўатанды қорғаў ўазыйпасының қыйыншылықлары менен жуўапкершилиги ҳаққында айтып берди.

«Мәртлер қорғайды Ўатанды» деп аталған бөлимде Филология факультетиниң жас студент шайырларынан А.Дарменов, М.Дарибаев, Р.Утебаева, Б.Матжанова, Ж.Хожаниязов, А.Садуллаевалар ўатансүйиўшилик, ел-халық ҳәм әскерлер турмысы бойынша дөреткен қосықларын оқып берди.

Қызғын тәризде болып өткен сораў-жуўап бөлиминде студентлер әскерий хызметкерлерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды. Ушырасыў соңында студентлерге әскерий турмыс бойынша таярланған видеоролик қойып берилди.

Ушырасыў кешеси есте қаларлықтай жүдә тәсирли ҳәм қызықлы болып өтти.

 

Пердеғалий Дабылов,

Филология факультети деканының жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша орынбасары.