Жаңа жылдан баслап салықларды ўақтында төлемегени ушын пеня муғдары көбейтиледи
2019-жылдан салықлар ҳәм басқа мәжбүрий төлемлерди төлеў мүддетлерин бузғаны ушын пеня муғдары көбейтиледи. Бул ҳаққында Президент тәрепинен қол қойылған «Салық ҳәм бюджет сиясатының 2019-жылға арналған тийкарғы бағдарлары қабыл етилгени мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айрым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамда сөз етилген, деп жазады Kun.uz.
Нызам тийкарында Салық кодексиниң 120-статьясы (Салықлар ҳәм басқа мәжбүрий төлемлерди төлеў мүддетлерин бузыў) екинши параграфының биринши гәпи төмендеги редакцияда жазылады:
«төлемниң белгиленген мүддетинен кейинги күннен баслап мүддети өткерип жиберилген ҳәр бир күн ушын, төлем күни де соған киреди, 0,045 процент муғдарында пеня есаплаўға себеп болады, егер пеняны есаплаў салық тексериўи нәтийлери бойынша мәмлекетлик салық хызмети органлары тәрепинен әмелге асырылса – 0,06 процент муғдарында пеня есаплаўға себеп болады».
Ҳәзирги ўақытта салықлар ҳәм басқа мәжбүрий төлемлердиң төлем мүддетлерин бузғаны ушын пеня муғдары, толық төленбеген салық суммасын ким анықлағанына қарамастан, өткерип жиберилген ҳәр бир күн ушын 0,033 процентти қурайды.
Ислам Матеков.