Сырдәрья ўәлаяты халқы Мойнақ халқына арнап автокәрўан шөлкемлестирди. Автокәрўан Қарақалпақстанға келмекте

Сырдәрья ўәлаяты ҳәкимлигиниң басламасы менен жаңа жыл қарсаңында Арал теңизи әтирапында аўыр экологиялық шараятта жасап атырған халық ушын ҳәр қыйлы аўыл хожалық өнимлери, азық-аўқат ҳәм Мойнақта жүргизилип атырған қурылыс-абаданластырыў жумыслары ушын әсбап-үскенелер жүкленген автокәрўан шөлкемлестирилди. 25-декабрь күни күнниң екинши ярымында Гүлистан қаласында автокәрўанды салтанатлы түрде шығарып салыў мәресими болып өтти, деп жазады Daryo.uz.

Сырдәрьядан жолға шыққан автокәрўан бүгин, 26-декабрь күни өз мәнзилине жетип барыўы күтилмекте.

 

Ислам Матеков.