ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Министрлер Кабинети ағзаларын Олий Мажлис тәрепинен тастыйықлаў әмелияты енгизиледи

Парламенттиң әҳмийетли қарарлар қабыл етиў ҳәм нызамлардың орынланыўын қадағалаў жумысын жеделлестириў керек.

Ҳәзирги ўақытта Конституцияға муўапық парламент Бас министрди тастыйықлайды. Бирақ, министрлерди лаўазымға қойыўда қатнаспайды. Сол себепли, Ҳүкимет ағзалары парламент алдында жуўапкершиликти жетерли дәрежеде сезинип атырғаны жоқ. Сонлықтан, Министрлер Кабинети ағзаларын Олий Мажлис тәрепинен тастыйықлаў әмелиятын киргизиўди усыныс етемен, — деди Президентимиз.

Болажақ министр парламент ағзалары алдында тараўды раўажландырыў бойынша өз бағдарламасын қорғасын ҳәм оған ерисиў жолларын тийкарлап берсин. Бир сөз бенен айтқанда, лаўазымға мүнәсип екенин дәлиллесин.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги