ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Педагогика факультетинде жоқары билимлендириўди раўажландырыўда халықаралық тәжирийбелердиң әҳмийети бойынша мәжилис өткерилди

4-январь күни институтымыздың педагогика факультетинде «Жоқары билимлендириўди раўажландырыўдың заманагөй тенденциялары: халықаралық тәжирийбелер ҳәм Өзбекстан әмелияты» атамасындағы мәжилис болып өтти.

Мәжилисти факультет деканы Ш.Сапаров басқарып барды. Илажға факультет деканы орынбасарлары, кафедра баслықлары, кураторлар кеңеси баслығы, ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкеми жетекшиси, топар басшылары ҳәм профессор-оқытыўшылар қатнасты.

Мәжилисте факультет деканы Ш.Сапаров тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 7-февральдағы «Өзбекстан Республикасын және де раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳаққында»ғы пәрманы, 2017-жыл 20-апрельдеги «Жоқары билимлендириў системасын және де раўажландырыў ҳаққында»ғы қарары, 2017-жыл 27-июльдағы «Жоқары мағлыўматлы қәнигелерди таярлаў сапасын арттырыўда экономикалық тараўлар ҳәм тармақлардың қатнасыўын және де кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы қарары, 2018-жыл 5-июньдағы «Жоқары билимлендириў мәкемелеринде билимлендириўдиң сапасын арттырыў ҳәм олардың елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларда белсене қатнасын тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары, 2018-жыл 21-сентябрьдеги «2019-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын инновациялық раўажландырыў стратегиясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы пәрманының мазмуны ҳәм әҳмийети, сондай-ақ, оларда белгилеп берилген ўазыйпалардан келип шығып исленетуғын жумыслар ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди.

Сондай-ақ, мәжилисте өткен жылдың 18-19-октябрь күнлери Ташкент қаласында болып өткен «Өзбекстан-Россия» билимлендириў форумы нәтийжелери, жоқары оқыў орынларын раўажландырыў бойынша халықаралық тәжирийбелер бойынша пикир алмасылды.

Мәжилисте жыйналғанлар итибарына дүнья жүзиндеги барлық жоқары оқыў орынларының рейтинглерин анықлайтуғын QS, THE агентликлери, сондай-ақ, халықаралық мағлыўматлар базалары – Scopus, Science Direct, Mendeley ҳаққында толық мағлыўматлар берилди.

Мәжилис сораў-жуўаплар менен даўам етти.

 

Пазыл Адилов,

Педагогика факультети деканы орынбасары.