ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Жынаят кодексине тиленшилик ҳаққындағы жаңа статья киргизилди. Ондағы нормалар қандай?

Өзбекстан Республикасы Президенти «Өзбекстан Республикасының айрым нызам ҳүжжетлерине жәмийетлик тәртипти тәмийинлеў механизмлерин жетилистириўге бағдарланған өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамға қол қойды. Ҳүжжет тексти «Халқ сўзи»нде жәрияланды, деп жазады Kun.uz.

 

Өзбекстан Республикасының 1994-жыл 22-сентябрьде қабыл етилген 2012-XII-санлы Нызамы менен тастыйықланған Өзбекстан Республикасының Жынаят кодексине төмендеги қосымшалар ҳәм өзгерис киргизилди:

1) 17-статьяның төртинши бөлими «127» санынан кейин «127-1» саны менен толтырылды;

2) 127-статья биринши бөлиминиң диспозициясындағы «тиленшиликке» деген сөз алып тасланды;

3) төмендеги мазмундағы 127-1-статья менен толтырылды:

 

«127.1.-статья. Тиленшилик етиў

 

Аэропортларда, вокзалларда, парклерде, дем алыў бағларында, базарларда ҳәм саўда комплекслери аймақларында, сондай-ақ, оларға тутас болған аймақларда, автомототранспорт қуралларын ўақытша сақлаў орынларында, көшелерде, стадионларда, бәндиргилерде, жоллардың қатнаў бөлиминде, материаллық-мәдений мийрас объектлери жайласқан аймақларда, жәмийетлик транспорттың барлық түрлеринде ҳәм басқа жәмийетлик орынларда пул, азық-аўқат өнимлери ҳәм басқа материаллық баҳалықлар бериўди турақлы түрде сорап, тиленшилик пенен шуғылланыў, усындай ҳәрекет ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин әмелге асырылған болса, —

еки жүз қырық саатқа шекем мәжбүрий жәмийетлик жумыслар ямаса еки жылға шекем тәртип дүзетиў жумыслары яки бир жылға шекем еркинлигин шеклеў ямаса бир жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

 

Ержетпеген шахсларды, кексе жастағы шахсларды, руўхый жақтан кеселлиги, майыплығы болған шахсларды ҳәм басқа шахсларды тиленшилик етиўге тартыў, сондай-ақ, шахсларға алкогольлы ишимликлерди ямаса нәшебентлик затларды яки психотроплық затлар болмаған, бирақ шахстың ақыл-ойына тәсир ететуғын затларды мәжбүрий түрде пайдаландырған ҳалда оларды тиленшилик етиўге тартыў, усындай ҳәрекет ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин әмелге асырылған болса, —

ең кем айлық мийнет ҳақының жүз есесинен еки жүз есесине шекемги муғдарда жәрийма ямаса үш жүз алпыс саатқа шекем мәжбүрий жәмийетлик жумыслар яки еки жылға шекемги тәртип дүзетиў жумыслары ямаса бир жылдан үш жылға шекем еркинлигин шеклеў яки үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.

 

Усы статьяның екинши бөлиминде көрсетип өтилген ҳәрекетлер:

А) тәкирар түрде ямаса қәўипли рецидивист тәрепинен;

Б) шөлкемлескен топар тәрепинен ямаса оның мәплерин гөзлеп;

В) басқа шахсты нәшебентлик затларын, олардың аналогларын ямаса психотроплық затларды пайдаланыўға мәжбүрлеген ҳалда әмелге асырылған болса, —

үш жылдан бес жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады».

 

Ислам Матеков.