ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Жер участкаларын меншиклестириўге рухсат берилди. Буның тәртиби қандай?

Урбанизация процеслерин түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққындағы Президент пәрманы қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.

Пәрман тийкарында, мәмлекетте урбанизация процеслерин түпкиликли жетилистириўдиң тийкарғы бағдарлары белгиленди.

Пәрманға муўапық, 2019-жыл 1-июльдан баслап:

— юридикалық шахслар имарат ҳәм сооружениелер, санаат инфраструктуралық объектлери жайласқан жер участкаларын меншиклестириў ҳуқықына ийе;

— физикалық шахслар жеке тәртипте турақ жай қурыў ҳәм турақ жайға хызмет көрсетиў ушын ажыратылған жер участкаларын меншиклестириў ҳуқықына ийе;

— меншиклестириў жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият органларының қарары тийкарында әмелге асырылады;

— физикалық ҳәм юридикалық шахслар тәрепинен меншиклестирилген жер участкалары жеке мүлк ҳәм қол қатылмас есапланады;

— меншиклестириў тек ғана кадастр ҳүжжетлери болған жағдайда ҳәм Ҳүкимет тәрепинен белгиленетуғын муғдарларда пуллы тийкарда әмелге асырылады.

 

Ислам Матеков.