ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Институтта депутатлар менен ушырасыў болып өтти

12-январь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының киши мәжилислер залында Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңеси депутатлары менен ушырасыў болып өтти.

ϴзбекстан Республикасы Президентиниң шығармалары, Олий Мажлиске Мүрәжаты, Олий Мажлис сессияларының материаллары, ϴзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети қарарларының мазмуны ҳәм әҳмийетин студент-жаслар арасында түсиндирип барыў бойынша Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң арнаўлы тапсырмасы тийкарында өткерилген ушырасыўды институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қуўандық Қадиров басқарып барды.

Ушырасыўда тарийх илимлериниң докторы, профессор, институттың жәмийетлик пәнлер кафедрасы баслығы, Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңеси депутаты Яхшибека Абдуллаева ϴзбекстанда әмелге асырылып атырған сиясий реформалар ҳәм Президент Мүрәжатында ϴзбекстан тарийхын қайтадан жазыў мәселесиниң көтерилиўи ҳәм оның әҳмийети, педагогика илимлериниң кандидаты, доцент, мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети деканы, Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңеси депутаты Улбосын Сейтжанова ϴзбекстанда әмелге асырылып атырған социаллық реформалар ҳәм Президент Мүрәжатында билимлендириў системасына байланыслы мәселелердиң өзине тән орны, педагогика илимлериниң кандидаты, доцент, Қазақ миллий орайы баслығы, институттың сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы кафедрасының баслығы, Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңеси депутаты Жанжайхан Дәрменов Президент Мүрәжатында халықлар дослығы, миллетлер аралық татыўлық ҳәм диний кеңпейиллик мәселелериниң сәўлелениўи бойынша кең түрде шығып сөйледи.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң Олий Мажлиске Мүрәжаты ҳәм оның тийкарында «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы» мәмлекетлик бағдарламасы жойбарында елимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыў, 2019-жылда әмелге асырылатуғын ўазыйпалар белгилеп берилген. Усы тийкарда жоқары билимлендириў системасында әмелге асырылатуғын жумыслар додаланды.

Ушырасыў өз-ара сораў-жуўаплар ҳәм пикир алмасыўлар менен даўам етти.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.