«Ўатан қорғаўшылары күни» мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик сыйлықлары менен сыйлықлаў ҳаққында
«Ўатан қорғаўшылары күни» мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик сыйлықлары менен сыйлықлаў ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары
Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы 85-статьясының 6-бәнтине муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы
Қ А Р А Р Е Т Е Д И :
Мәмлекетимиздиң қорғаныў қүдиретин және де беккемлеў, жасларды миллий ғәрезсизлик идеясы ҳәм ана-Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаў жолындағы жемисли мийнетлери, елимизде тынышлықты, турақлылық ҳәм жәмийетлик тәртипти тәмийинлеўдеги хызметлери, сондай-ақ, жәмийетлик-сиясий турмыстағы белсендилиги ушын ҳүрметли атақ пенен сыйлықлансын:
«Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы»
Маллаев Искандар Маматмусаевич – Арқа-Батыс әскерий округи әскерлери сәркардасының тәрбиялық ҳәм идеологиялық ислери бойынша орынбасары
Аюбов Шукурлло Хамроевич – Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары
Хожамуратов Бахытбай Бердибаевич – Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Қарақалпақстан Республикасы басқармасының бөлимше баслығы
Қарақалпақстан Республикасы
Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов