ҚАСҚЫР ЖҮРЕКЛИ ҚАСҚЫРБАЙ

Өмирбай Өтеўлиев,

Жазыўшы, журналист

 

Cыр сандығын ашқанда …

 

ҚАСҚЫР ЖҮРЕКЛИ ҚАСҚЫРБАЙ

 

Үстирттиң қар-жаўынлар жемирген «Қосбулақ» бөктериндеги ески қыслаўында Сағын ағамыз ҳәр жылы қойларын қозылатып, бийелери қулынлап, жылқы жуўасытар еди. Наўрыздың ақша қары таң атқанша себелегени менен жерге түскени түскендей ерип, тебендей шаншылған көк майсалар қылтыйса көринген ерте бәҳәрде жол бойы қайырылдық. Шымыры денели Сағын ағамыз жекке-сийрек келетуғын қонақларды сағынып қалғанлықтан сүрине-қабына күтти.

– Быйыл, қырсық айландырып тур. Қасқыр да несийбесинен артығын жей алмайды. Еки ҳәптеликте алдырар күни жаздырып, көкжал менен қаншығы бир қулынымды  тамақлап кетти. Дәмиккенинен қуныққаны жаман. Биреўге мал, биреўге жан қайғы. Сумлықларын асырып, аўзымызға ылай сыйпай бергенге Нағымның  үлкен баласы, қасқыр жүрекли Қасқырбайды жәрдемге шақырдым, – деп тегисликте зуўлап киятырған тақ мотоциклшиге мәкке саплы қамшысын бүйирине тақап қарады.

Дүзде жасаған адамлардың тиришилиги, сөйлеген сөзи менен өзлерине тән, бир-бирлерине усамаған минез-қулықлары қызық. Қасымызға келип тоқтаған мотоциклден ашық жүзли, жасы 25 лердеги, нардай күшине толған, қарапәрең жигит түсти де күлер жүзи менен сәлемлесип, аманлық-есенлик сорасты. Артқы орынлығындағы шпагат қалтасынан «қанлыаўыз» қақпанларын биримлеп шығара баслады. Өз үйине келгендей иркилместен иске кирисип, жер ошақтағы он еки қарыслық үлкен қазанға суў қуйды да отты гүрлетип жақты. Жақын дөгеректен жылқының ярым қалтадай тезегин терип, қазанда қақпанларына қоса қайнатқанларына ҳайран қалыстық. Қасына шапқылап келген қара-ала тайыншақ мойнына Сағын ағаның етигиндеги шылғаўларын байлап, «адам ийсин алса қасқыр жоламайды» дегенлерине түсинбегенлеримизди аңлап:

– Қасқырда ийис сезиў органы наятый күшли. Жети  қат жердиң астындағы жатқан темир ийисин сезинеди. Қақпанға сиңип қалған адам ийисин жылқының тезегине қосып қайнатпасаң тегинликте кетпейди, – деген Сағын ағамыз аўқат пискенше Қасқырбайды тәрийплеўге өтти.

– Жаратылысымыздан ырымшыл халықпыз-ғой! Қой баққалы бирге көшип-қонатуғын Нағымның әўелги балалары турмай, шетней бергенге жүз жасаған «мәстан», мама кемпири «Еситкен қулаққа түрпидей тийетуғын ерси исм қояйық» деп ақылландырды. Усы баласын туўарда басқа келиншеклер саз кесекке жерисе Набат қурдасымыз қасқырдың баўырына иштейли болады. Қулағына төбеликте уйлығысып отыратуғын қасқырлардың улысқанлары шалынса ғана толғағы жеңиллескен. Үлкен ойласық пенен баласының исимин Қасқырбай қойдық. Бала атынан уялып, ҳәмме мазақлай бергенге жылап та жүрди. Мухтар Әўезовтың қасқырдың күшиги туўралы жазған «Көксерек» деген шығармасын оқып тынышланды. Қасқырға меҳри оянып, күшигин сақламақшы еди. Қасқырбайдың изине ерген ул-қызларына қоянқолтық  араласып жасайтуғын жанлы-жәниўарлардан Түлкибай, Бүркитбай, Қаршыға, қызларына Қуралай, Ақбота, Аққоян, Ақтотыдай биринен бири сулыў исмлерди мүнәсип көрдик.

Қасқырбай нағыз қарда жатар, қасқыр жүрекли жигит болды. Үш-төрт жыллықтағы қыстың  қатты келгенин билесиз. Үстирттиң етегине жайласқан «Судочье» көли бойында қой қыслатқанбыз. Түп десең түпиригиң жерге муз болып түскендей дәрежедеги суўық денсаўлыққа пайдалы. Кешке қарай қойларын суўғарыў ушын суўаттан үки ояды. Сүттей жарық айлы түнде суўатқа қулаған қойлары бирине бири мингесип, муздың астына кете берген. Еле де, ийтлериниң арсылдап үргендеги даўысына оянғанын айт. Жеңилтек кийимлери менен сыртқа жуўырып, музлы суўдан сонша қойын биримлеп сыртқа шығарып үлгереди. Ет қызыўы менен қақаман суўықты сезинбей, арадан ўақыт өткерип барсақ тиси-тисине тиймей сақылдап, тоңбаға қарады. Үйиндеги бар спирти менен тула беденин ысқылап, көрпеге орадық та пештиң қуўысына жатқызып қойдық. Бир уйықлап турған соң ыссы шай, бурышлы сорпа ишкизсек бурынғы қәддине келди. Әне, денсаўлық деген…

Қасқырбай жылан баўыр соқпақ пенен қақпанларын аўдырмақ-саўдырмақлана арқалап, қасқырлар қулайтуғын терең сайлыққа қарай жол алды. Қасқырдың аяқларына қақпан шаўып, сүйегин сындырып жиберсе не жақсы, жалбыратпай шайнап түсириўине қолай екен. Үш аяқлап, ҳәккелеп қашқанлары жүйрик атқа да жеткермейди. Қудай тескен  тамағы бар, қасқыр болса да тоқ жүрсин…

Сағын ағаларға қастын тиккен көкжал менен қаншығы Қасқырбайдың қақпанларына түскен, түспегенин билмедим. Сораўға дусласпай жүрипти…