ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Таяныш докторантлар арасында Президент стипендияларының жеңимпазлары анықланды

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2008-жыл 13-октябрьдеги 226-санлы Қарары тийкарында тастыйықланған Уставқа муўапық, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Төрешилер Кеңесиниң қарары менен 2019-жыл ушын таяныш докторантлар арасында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик стипендиялары жеңимпазлары анықланды. Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги баспасөз хызмети хабар берди.

 

Аўыл ҳәм суў хожалығы бойынша

Реймов Маманбек Полатович – Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институтының таяныш докторанты;

 

Энергетика, ресурслар, санаат бағдары бойынша

Бобоев Акмалжон Хатамович – Ташкент химиялық технология институты таяныш докторанты;

 

Тәбийғый пәнлер, мәлимлеме технологиялары ҳәм басқарыў бағдары бойынша

Каримов Жасурбек Алишерович – В.И.Романовский атындағы Математика институты таяныш докторанты.