Институтымыздың филология факультети өзбек тили кафедрасының үлкен оқытыўшысы Айдын Султанова факультеттиң 3-а курс студентлери менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң дүзилгенине 27 жыл толыўы ҳәм 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен студентлер турақ жайында «Мәртлер қорғайды Ўатанды» атамасында илаж шөлкемлестирди.
Илажда А.Султанова Ўатан қорғаўшылары күниниң республикамыз бойлап кең түрде белгилениўи, әскерий хызметкерлердиң елимиз тынышлығын тәмийинлеўдеги хызметлери, олардың қаҳарманлықлары ҳаққында кең түрде баянат жасады.
Буннан соң 3-а курс студентлери тема дөгерегинде өз пикирлерин билдирип, ўатансүйиўшилик, пидайылық ҳаққындағы қосықларын оқып берди.
Илаж соңында жыйналғанлар арасында сораў-жуўаплар өткерилди.