ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Институт психологы педагогика факультетинде шаңарақ психологиясы бойынша жыйналыс өткерди

Институтымыз психологы Г.Төрениязова педагогика факультетлериниң студентлери арасында «Бахытлы шаңарақ, ер ҳәм ҳаял адам психологиясы» атамасында жыйналыс өткерди.

Жыйналыста институт психологы шаңарақтағы тыныш ҳәм татыў турмыс, бахытлы шаңарақ қурыў бойынша мәсләҳәтлер берип, жаслардың ҳәр дайым разы болыў, ишки әлемди тынышландырыў, кешире билиў, өзине исеним, өмирде мақсет қойыў, жаман ой ойламаў, жан тазалығы, ой тазалығы, тилге абайлы болыў, нени әрманлайсыз сол ҳаққында көбирек сөйлеў, өмирди сүйиў кереклиги ҳаққында айтып өтти.