ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Қыста бас кийимсиз жүрсеңиз не болады?

Қыста айрым адамлар, әсиресе, жаслар бас кийимсиз жүре береди. Бул аязлаў ақыбетинде бир неше кеселликлерди келтирип шығарыўы мүмкин. Булардың алдын алыў ушын далада бас кийим кийип жүрип ғана қоймастан, жыллы жерге келгенде оны шешип қойыў керек.

Қандай ҳаўа райында бас кийимсиз жүриўге болады?
Бул организмниң өзгешелиги ҳәм реакцияшыллығына байланыслы. Сондай-ақ, далада қанша ўақыт жүргенлиги, ҳаўаның ығаллығы, самал есип турғаны да әҳмийетли роль ойнайды. Айрым адамлар азғана салқын түссе де бас кийим кийип алады, себеби онысыз олар өзлерин арқайын сезинбейди, аязлап қаламан деп ойлайды, ал айрымлары суўыққа шыдамлы болады. Солай болса да, медициналық көз-қарастан бас кийимсиз жүриўге болатуғын ең төменги температура – минус 5°С, онда да самалсыз қурғақ ҳаўа райы болыўы керек. Егер қар, жаўын жаўып ямаса самал есип турса, температура плюсти көрсетип турса да бас кийим кийиў шәрт.

Бастың аязлап қалыўы неси менен қәўипли?
Бастың аязлап қалыўы биринши гезекте иммунитетти төменлетеди, ақыбетинде организмде кеселлик пайда ететуғын микроблар жедел түрде көбейип кетеди. Бастың аязлаўы бас мийге тәсир етип, менингитке алып келиў қәўпи жоқары болады.

Қулақ аязлаўға бейим болады
Қулақлар ең биринши суўыққа қатып, аўырады. Қалың, узын шашлар қулақларды аязлаўдан қорғай алмайды. Сондай-ақ, шаш суўық ҳаўаға шыдам бере алмайды. Қулақлар қатты суўық себепли қатты аўырады. Гейде басыңыз тоңып келип, жыллы жерге кирсеңиз, қулағыңыз аўырыўы мүмкин.
Монша ямаса бассейнге түсип шығып, басын толық кептирмей турып шапка кийместен далаға шығып кететуғынлар денсаўлығына үлкен қәўип пайда етип атырғанын түсиниўи керек.
Қулақлардың аязлаўы – еситиў жолында жараларды пайда етиўи, сондай-ақ, бас мий қан тамырларының аязлаўы ақыбетинде еситиў процеси бузылып, шаўқым пайда болыўы мүмкин, еситиў қәбилети де төменлеп кетиўи мүмкин.

Мурын тоңса – жутқыншақ исинеди
Еситиў жолы, мурынның жабысқақ қабығы, жутқыншақ безлери – бәри бир-бирине жақын жайласқан. Егер бир организм аязласа, аяз басқаларына да өтеди. Ақыбетинде, орташа өткир отит, ангина ямаса тумаў, мурын қуўыслығының исиниўи, сондай-ақ, гайморит ҳәм фронтитке алып келеди.

Шашсыз қалыўыңыз мүмкин
Суўық күнде бас кийимсиз узақ ўақыт (10 минуттан көп) жүриў шаштың беккемлигин тәмийинлейтуғын қан тамырларының киширейиўине себепши болады. Бундай жағдайда шаш фолликуласының азықланыў процеси бузылып, ақыбетинде шаш жуқарып, сынғыш ҳәм төгилгиш болады.
Ыссы күнде бас кийимсиз жүриў де зыян: май бөлиниў жеделлесип, шаш тез кирлеп қалады. Сол себепли, қыста ыссы, ал жазда жеңил ҳәм ашық реңли бас кийим кийген мақул.

Организм аязды унатпайды
Бас аязлап қалса, бет невролгиясына тиккелей тәсир етеди. Аяздан бастағы қан тамырлары киширейип, қан айланысы төменлейди. Егер бет аязлап қалса, адамның бир бети қыйсайып қалыўы мүмкин.

Қулласы, қыс мәўсиминдеги суўық температурада бас кийимсиз жүриў денсаўлығыңыз ушын оғада зыянлы есапланады. Соның менен бирге, маңлай ямаса желкени қысып туратуғын, жасалма тоқымашылық материалларынан исленген бас кийимлер де зыянлы болып, олар бастағы қан тамырларын қысып таслаўы мүмкин. Ақыбетинде, бас аўырыўы жүзеге келеди.
Соның ушын, пахта, жүн ҳәм мохер қосылған кеңлеў бас кийимлер денсаўлығыңыз ушын пайдалы.
Жаз мәўсиминде де тәбийғый материаллардан исленген бас кийим кийгениңиз мақул.

Ислам Матеков.