ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

ДОҢЫЗ КӨШКЕН КҮН

Өмирбай Өтеўлиев,
жазыўшы, журналист

ДОҢЫЗ КӨШКЕН КҮН
Қанжығасы қансырап, оғы зая кетпеген Әбди атамыздың қайта-қайта «Доңыз көшкен жылы ат оздырдым» дегенлерине ҳайран қалыстық.
— Мениң ушын «Доңыз көшкен күн» умытылмас сәне. 1970-жылдың гүз айлары, анығы ноябрьдиң жигирма үши еди. Бойында күш-қуўаты толып тасқан жигитке жалғыз аўға шықпақ жыр ма? Дәрья жағыс, «Байхожа»ның тусы, бир бүйирлеп, тап таслап аққандағы қайыры, қамыс-қоғалы, шат-тикенли соқпағынан мылтығымды қайымлап жүрдим. Алдым кеш, түнегендей жерге түлки-қарсақлардың гөне инлерине сыбайлас дүмпешикти қайымлап, терең сайына суў алмаға түссем сан-санақсыз доңызжатақ. Баслы тамағы шөп-шардың тамыры болғанлықтан тумсығындағы өткир пышақлары менен жерди қарықлап аўдара берипти. Доңыз аўнаған жерде түк қалғанын көрмедим. Өткир, аша туяқларының қойыў шаңы жер менен көкти думандай қаплағанлықтан, әдеўир ўақытқа шекем сейилмей турды. Жергиликли халық доңыздың гөшин «ҳарам»ға шығарған жыллары бас саны көбейип еди. Падалылар еккен егинлеримизди басқылап, орны толмас зыян келтиргенине қарсы шаралар көрилмеди. Жаралы кийиктей бир жерде жата алмаған доңызлардың бул дөгеректен безигип, дәрьяның қуярлығына қарай ығысқаны ҳайран қаларлық. Кекселердиң айтыўынша, бир заманлары усы жағалаўларда жолбарыслар пышықтай балалап, ызғып жүрген. Кейин жер аўып, туқымлыққа биреўи қалмайды. Доңызлар да сондай, қуўыс-қолтықларға тығылғанлары да санаўлы шығар…
Доңыз адам менен аңлысып жасайды. Сумлығын түлкидей асырғаны менен тиришилик ететуғын тәбийғый өриси жылдан-жылға тарылып, қустай аспанға ушып кете алмаса соң не илаж?! Жаралы доңызды жан жеринен атып, жерге жығылғанын өлдиге санаў менен қасына жақынласам, шапшып турды да дызағайлап қашты…