«Меҳир» қайырқомлық қорын шөлкемлестириў бойынша усыныс киргизилди

«Менинг фикрим» жәмийетлик мүрәжатлар порталында «Меҳир» қайырқомлық қорын шөлкемлестириў ҳаққындағы петиция жәрияланды. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.

«Ҳәммемиз жақсы билемиз, дүньядағы ең баҳалы нәрсе инсанның денсаўлығы болып табылады. Әтирапымызда айрым себеплерге байланыслы өз денсаўлығынан айрылып, жәрдемге мүтәж болған, бирақ материаллық аўҳалы себепли емленбей атырған балалар, жаслар ҳәм қарыялар жетерлише табылады. Социаллық тармақларда материаллық жәрдем сорап мүрәжат етиўшилерди дерлик ҳәр күни ушыратамыз. Усындай инсанларға өз денсаўлығын тиклеўге дәри-дармақ, емлениў хызметлери ушын төлемди әмелге асырыўға жәрдемлесетуғын «Меҳир» қайырқомлық қорын шөлкемлестириў усынысын киргизбекшимен», – деп жазылған мүрәжатта.

«Ҳәммемиз де бундай адамларға барлық ўақыт жәрдем бериўди қәлеймиз, бирақ буның ушын бизде де имканият болмаўы мүмкин, деген менен киширек суммадағы пулды өткере аламыз (мәселен, 5 мың, 10 мың сум). Усынысым, «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қоры сыяқлы бул қор да пуқаралардан онлайн тәризде ықтыярлы түрде берилген қаржыларды қабыл ете алыўы керек. Қолайлы болыў ушын пулды электрон төлем хызметлери – мобиль қосымшалар арқалы қордың ашық есап номерине қәлеген ўақытта өткериў мүмкиншилигиниң жаратылыўы мақсетке муўапық болар еди», – деп жазған петиция авторы.

Сондай-ақ, қор қаржыларының дурыс ҳәм мақсетли сарпланыўы бойынша қадағалаўшы жәмийетлик кеңестиң дүзилиўи ҳәм оның тийкарғы ўазыйпасы жәрдемге мүтәж шахсларды анықлаў болыўы керек.

Атап өтилиўинше, «Меҳир» қайырқомлық қорын дүзиў арқалы көплеген үйлерге қуўаныш алып кириў мүмкин болады.

 

Ислам Матеков.