Соңғы үш жыл даўамында институтымыз студентлери арасында жынаятшылық улыўма жүз бермеген
23-январь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының киши мәжилислер залында социаллық-руўхый орталықтың турақлылығын тәмийинлеў, жасларды жат идеялар тәсиринен қорғаў, оларды саламат исеним, миллетлер аралық татыўлық ҳәм диний кеңпейиллик руўхында тәрбиялаў, миссионерлик ҳәм прозелитизм менен байланыслы унамсыз жағдайлардың алдын алыўды үгит-нәсиятлаў мақсетинде ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўды институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қуўандық Қадиров басқарып барды.
Илажда Нөкис қалалық руўхый-ағартыўшылық орайы баслығы Қыдырбай Нуратдинов, пайтахтымыздағы Имам ийшан Муҳаммед жәмәәтлик мешити имам орынбасары Қаҳарман Турдымуратов, «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик қоры Нөкис қалалық Кеңеси баслығының диний-ағартыўшылық жумыслары бойынша орынбасары Гүлистан Қыдырбаевалар сөзге шығып, жаслар тәрбиясы ҳәм олардың билим алыўы, өнер үйрениўи бүгинги жәмийетимиздиң баслы итибарында екенлигине айрықша тоқталды.
Сөзге шыққанлар, келешек ийелерин тәрбиялаўда көп жыллық тәжирийбеге ийе болған Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында оқып атырған студентлер арасында соңғы үш жылдың ишинде жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың жүз бермегенлигин айрықша атай отырып, бул бағдардағы жумысларға жоқары баҳа берди.
Деген менен, мәмлекетимизде миллетлер аралық татыўлық, диний кеңпейиллик ҳүким сүрип турған болса да айрым жаслардың туўры жолдан адасып, жат идеялар етегине ерип кетип, ақыры өзи кәмалға келген Ўатанға қыянет етип атырғанын кескин қаралады. Динди нықап етип, ҳәр қыйлы жаман ағымларға, унамсыз ҳәрекетлерге баслайтуғын идеялардан қалай аўлақ болыў, оларға қарсы гүресиў бойынша пикирлерин билдирди.
Илаж даўамында Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы тәрепинен сүўретке алынған «Тафаккур эҳтиёжи» фильми жыйналғанлардың нәзерине усынылып, тема дөгерегинде студент-жаслар менен сораў-жуўаплар, пикир алмасыўлар даўам етти.
Филология факультети студенти Айнура Жақсыбаева: – Жат идеяларға қарсы гүресиў, жаслар арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў мақсетинде өткерилип атырған бундай илажларды тек ғана оқыў орынларында емес, соның менен бирге, мәкан пуқаралар жыйынларында, әсиресе, жәмлеспеген жаслар арасында да жийи өткерип турыў әҳмийетли болады, деп ойлайман.
Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети студенти Гулмира Давлетова: – Биз билемиз, усы бағдардағы үгит-нәсият жумыслары көбирек телевидение арқалы әмелге асырылмақта. Ҳәзирги ўақытта интернеттиң жаслар арасында ғалабаласып баратырғанлығын есапқа алып, бундай мазмундағы материалларды глобаллық тармақта, әсиресе, социаллық тармақларда да көбейтип барсақ, еле де жақсы нәтийжелерге ерисемиз.
Педагогика факультети студенти Муҳаммеддин Айтжанов: – Жаслардың билип-билмей жат жолларға кирип қалыўы – бос ўақыттан нәтийжели пайдаланбаўдың ақыбети, деп ойлайман. Келешек ийелерин бала ўақтынан баслап бос қоймай, пайдалы жумыслар менен шуғылланыўға әдетлендирип барсақ ҳәммемиз ушын жақсы болады. Буны бир неше сырт еллердиң тәжирийбеси де дәлиллейди.
Ислам Матеков,
НМПИ баспасөз хаткери.