ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

«Әмиўдәрья»: жылдағыдан өзгеше 7-сан жарық көрди

Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы жанындағы “Ижод” жәмийетлик қорының ҳәм «Ўзқурилишматериаллари» АЖның қоллап-қуўатлаўында Қарақалпақстан Республикасының көркем әдебият, сын ҳәм жәмийетлик ой-пикир журналы есапланған – «Әмиўдәрья»ның 2018-жыл ушын жылдағыдан өзгеше 7-саны жарық көрди.

Мағлыўмат орнында атап өтетуғын болсақ, Әмиўдәрья» журналының (соңғы жақын жыллар ишинде) усы күнге шекем жылына 6 саны жәрияланып келинди.

Усы жерде Өзбекстан Республикасы Президентиниң басқа тараўлар сыяқлы әдебиятымыз бенен мәдениятымызға деген жоқары дыққат-итибары нәтийжесинде 2018- жылдың 5-апрелинде қабыл етилген «Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы жумысын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарында көрсетилгениндей Өзбекстан Республикасындағы бир нешше газета-журналлар қатарында «Әмиўдәрья» журналына «Ўзқурилишматериаллари» АЖ “Дослар клубы” тийкарында қәўендер етип бекитилгенин айрықша атап өтиў орынлы.

Хош, басылымның 7-санынан қандай шығармалар орын алған?

Жәмийетшилигимизге белгили болғанындай, 2018-жылы Өзбекстан халық жыршысы, Қарақалпақстан халық шайыры, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, қыссахан Аббаз Дабыловтың туўылғанына 120 жыл толды. Усыған бола журнал муқабасында оның портрети, ал журнал бет ашарында болса Өзбекстан Қаҳарманы, Халық шайыры Ибрайым Юсуповтың қәлемине тийисли “Аббаз шайырға Украинадан хат” шығармасы орын алған.

«Поэзия» рубрикасының бул санында Аллашбай Реймов, Абадан Турдымуратова ҳәм жас шайыр Бахытлы Сарибаевлардың кеўил нағыслары менен, “Проза” рубрикасында болса жазыўшы Бекназар Ерназаровтың “Жанталас”  повести менен толық танысыўыңызға болады.

Филология илимлериниң докторлары Кәримбай Қурамбаев пенен Қуўанышбай Оразымбетовлардың  “Әдебият ҳәм илим” рубрикасында жәрияланған “Илим ҳәм дөретиўшиликти бириктирген тулға”, “Ҳақыйқый инсан, көп қырлы алым”  темаларындағы илимий шығармалары арқалы сиз профессор, Қарақалпақстан халық жазыўшысы К.Алламбергенов ҳәм көп қырлы өзбек алымы  Қазақбай Юлдашевтиң дөретиўшилик мийнетлери менен танысасыз.

«Тарийх сабақлары» рубрикасында болса журналдың алдыңғы санларынан берилип киятырған академик, жазыўшы Ҳүсниддин Ҳамидовтың аўдармасындағы авторлары Мунис, Агаҳийлердиң «Фирдәўс-ул-ықбал» сондай-ақ, “Қабуснама” рубрикасында “Унсурулмаолий  Кәйкаўыстың нәсиятнамасы” шығармаларының даўамы орын алған.

Соның менен бирге, Қарақалпақстан халық шайыры Нәбийра Төрешованың аўдармасында “Түркийзибан” рубрикасында жәрияланған туўысқан өзбек шайыры Икрам Атамураттың қәлемине тийисли “Кесте” дәстаны әлбетте, сизиң нәзериңизден шетте қалмайды.

Сондай-ақ, журналдың усы санынан «Дәреклесиў» рубрикасы орын алған болып, онда Сейдин Әмирлан аўдармасында Мәдияр (венгер) шайыры Аран Яноштың “Ажайып суўын ҳикаяты” поэмасы ҳәм ўатанласымыз Исҳақ Шағатай, оның дөретиўшилиги, соның менен бирге, журтласымыздың Мәдияр зиялылары менен қатнасы жөнинде сөз ететуғын, қызықлы тарийхый фактлерге ийе “Исҳақ Шағатай ҳәм Мәдияр зиялылары” темасындағы шығармалар орын алған. Бул дөретпелер барлық китапқумарларды бирдей өзине тартатуғыны сөзсиз.

Жаңа санда жәрияланған және бир қосымша рубрикалардың бири – “Китаплар” рубрикасы болып табылады. Усы рубрика астында Сиз Қарақалпақстан халық жазыўшысы Алланазар Әбдиевтиң Республикамыздың раўажланыўында салмақлы орны бар, бүгинги күнде ел ардағындағы қәдирли нураный Қәллибек ата Камаловтың «Ел хызметинде» китабы туўралы жазылған «Жүрегинде – халық тәғдири» атамасындағы пикири менен танысасыз.

Сондай-ақ, басылымның бәнт басар бетлеринде “Әдебий өмир” рубрикасында Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының 2018-жыл даўамында әмелге асырған әдебий-мәдений, руўхый-ағартыўшылық илажлары ҳәм өткен жыл даўамында журнал бетлеринде жәрияланған шығармалардың толық мазмуны орын алған.

Жуўмақлап айтқанда, «Әмиўдәрья» журналының «Ўзқурилишматериаллари» АЖ менен “Ижод” жәмийетлик қорының қоллап-қуўатлаўында жарық көрген2018-жылдың 7-саны елимиз әдебий өмириндеги жаңалықлардың бири болып, ондағы жәрияланған шығармалар оқыўшыларының дийдинен шығады,– деп ойлаймыз.

 

Ч.Елмуратов.