Қазақстан аспанында бир ўақыттың өзинде үш қуяш көринди (фото)
23-январь күни Қазақстанның Астана қаласы турғынлары тәкирарланбас тәбият ҳәдийсесиниң гүўасы болды. Бул ҳаққында Sputnik хабары тийкарында Daryo.uz мәлим етти.
Президент резиденциясы төбесинде бир ўақыттың өзинде үш қуяш пайда болған. Ўақыяға гүўа болғанлардың бири оны сүўретке түсирген.
Бундай оптикалық ҳәдийсе тәбиятта аз ушырасады. Илимпазлар буны «гало» деп атайды.
Ислам Матеков.