Институтымыз профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлери «Ҳаёт» фильминиң премьерасында қатнасты

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбеккино миллий агентлиги «Ўатан» студиясының дөретиўшилик жәмәәти тәрепинен сүўретке алынған «Ҳаёт» фильминиң премьерасы болып өтти.

Илажда Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлигиниң басқарма баслығы Х.Халилов, сценарий авторларынан бири ҳәм режиссёры Ҳилол Насимов шығып сөйлеп, бул фильмниң жасларды Ўатанды сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, терроризм сыяқлы жат иллетлерге қарсы гүресиў, елимиздиң тынышлығын сақлаў, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў сыяқлы ийгиликли ислерге жәмлестириўдеги әҳмийетине айрықша тоқтап өтти.  Ўатанды қорғаў, оны көздиң қарашығындай сақлаў ҳәр биримиздиң перзентлик парызымыз болып табылады. Бул жолда қаҳарманлықтың үлгисин көрсеткен, туўылған ели ушын жанын пидә еткен әскерлеримиздиң өмир жолы бәршемизге үлги болады.

Фильмниң премьерасына институтымыздың профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары да қатнасты.

Бул фильмде тийкарынан 2000-жылы Сурхандәря ўәлаятының Сариосиё ҳәм Узун районлары арқалы шегараларымызды бузып өтпекши болған, тис-тырнағына шекем қуралланған, жасырын әскерий лагерлерде таярлықтан өткен, халқымыздың тыныш ҳәм абадан турмысын бузбақшы болған террористлик топар ағзаларына қарсы гүресиўде қаҳарманларша қаза тапқан әскерий хызметкерлердиң мәртлик хызметлери сөз етиледи. Бас қаҳарман сержант Ҳаётжон бирге әскерий хызметин атқарып атырған досларын үйлениў тойына мирәт етиў ушын Ферғанадан Ташкент қаласына барады. Сол ўақытта елимиз шегараларындағы айрықша жағдайды еситип, дем алыста болыўына қарамастан дослары менен террористлерге қарсы урысқа атланады. Бас роллерди Фотих Насимов, Айсәнем Юсупова, Тохир Саидов, Лола Элтаева, Фархад Абдуллаев, Мехриддин Рахматов, Самиддин Лутфуллаев ҳәм басқалар шеберлик пенен атқарған.

Илаж соңында қатнасыўшылар фильм ҳаққында пикирлерин билдирип, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Баспасөз хызмети