ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Жол-патруль инспекторлары 1-июльдан баслап мобиль видеокамералар менен ислеўди баслайды

Өзбекстанда 2019-жыл 1-июльден баслап жол-патруль хызметиниң барлық инспекторлары мобиль видеокамера менен тәмийинленеди. Бул ҳаққында Ишки ислер министрлиги хабар берди, деп жазады Kun.uz.

Ҳүкиметтиң 1-декабрьдеги қарары тийкарында Жол-патруль хызмети хызметкерлериниң жол ҳәрекети қатнасыўшылары менен өз ара қатнасықлары ҳәм арнаўлы қурылмалардан пайдаланыў тәртиби ҳаққындағы устав тастыйықланды.

«Быйылғы жылдың 1-июлинен баслап Жол-патруль хызмети хызметкери өз ўазыйпаларын әшкара, мобиль видеокамералардан пайдаланып алып барыўға мәжбүр болады», — деп хабар берген ИИМнан.

Жол-патруль хызмети хызметкери өз ўазыйпасын әмелге асырыўда мобиль видеокамерадан пайдаланыўы ҳәм бул ҳаққында жол ҳәрекети қатнасыўшыларына мәлим етиўге мәжбүр есапланады.

Еслетип өтемиз, жол-патруль ҳәм патруль-пост хызметлериниң барлық хызметкерлери мобиль камералар менен хызмет жүргизиўи кереклиги ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёев 2017-жылдың декабрь айында Олий Мажлиске мүрәжатында мәлим еткен еди.

 

Ислам Матеков.