Билимлендириўге санлы технологияларды енгизиў ҳәм Мойнақ районында ақыллы китапхана шөлкемлестириў бойынша презентация болып өтти

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты киши мәжилислер залында институттың бир топар белсенди жаслары қатнасыўында студентлер арасында инновациялық идеялар ҳәм жаңа стартапларды қоллап-қуўатлаў бойынша семинар өткерилди.

Онда институттың филология факультети өзбек тили кафедрасы баслығы Ш.Юлдашева санлы экономика шараятында билимлендириў шөлкемлестириў, билимлендириў контентин жаратыў бойынша сабақлар, сондай-ақ, магистратура бөлими билимлендириўде мәлимлеме технологиялары қәнигелигиниң 1-курс магистранты А.Кеңесбаев Мойнақ районында ақыллы китапхана шөлкемлестириў бойынша жыйналғанларға презентация иследи.

Сондай-ақ, илаж даўамында студент-жаслар менен бирге сораў-жуўаплар ҳәм пикир алмасыўлар даўам етти.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.