ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Студентлердиң бос ўақытларында гимнастика шынығыўлары өткерилмекте

Институтымыздың дене мәденияты факультети ҳаял-қызлар спорты тәлим бағдарының бир топар студентлери арасында жаслардың сабақлардан бос ўақытларында гимнастика шынығыўлары өткерилмекте.

Факультеттиң тәжирийбели оқытыўшысы, спорт устасы, бир неше мәртебе Өзбекстан чемпионы Нурсулыў Бердақова студент-жасларға гимнастика шынығыўларының әҳмийетин түсиндирип, студентлер менен биргеликте шынығыўлар алып барды.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.