ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Тарийх-география факультетинде Президенттиң Олий Мажлиске Мүрәжаты үйренилди

Институтымыздың тарийх-география факультетинде студентлердиң бос ўақытларын мазмунлы өткериў ҳәм олардың ҳуқықый билим ҳәм көнликпелерин арттырып барыў мақсетинде бир неше илажлар шөлкемлестирилмекте.

Солардың бири сыпатында, факультет деканының жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша орынбасары М.Алланиязова басшылығында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Олий Мажлиске Мүрәжаты үйренилди.