ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Институтымыз студентлери жуўырыў акциясында сыйлы орынларды ийеледи

Усы жылдың 27-январь күни Нөкис қаласында «Биз жынаятшылыққа қарсымыз» ураны астында 6 мың метр аралыққа жуўырыў акциясы өткерилди. Бул спорт жарысына Қураллы Күшлер структураларының хызметкерлери, мектеп ҳәм колледж оқыўшылары, жоқары оқыў орынларының студентлери ҳәм кексе жас ўәкиллеринен ибарат болған жәми 5 мыңнан аслам адамлар қатнасты.

Акцияға институтымыздың барлық факультетлеринен, соның ишинде, дене мәденияты факультети студентлери де белсене қатнасты.

Қатнасыўшылар арасында өз спорт шеберлиги менен ажыралып турған дене мәденияты факультети 1-курс студенти Қуўатжан Әбдимуратов ер балалар арасында 1-орынды, сондай-ақ, усы факультеттиң 1-курс студенти Фатима Шамуратова қыз балалар арасында сыйлы 3-орынды ийеледи.

Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

И.Қалмуратов,

Дене мәденияты факультети жаслар жетекшиси.