ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

2018-жылда Қарақалпақстанда қайсы кеселликлерден қайтыс болыў жағдайлары бақланған?

2018-жылдың январь-декабрь айларында Қарақалпақстанда 8,6 мың өлим дизимге алынған болып, 1000 адамға салыстырғанда өлимшилик коэффициенти 4,6 промиллени қурады.

Қарақалпақстан Республикасы статистикалық басқармасы берген мағлыўматларға қарағанда, 2018-жылдың январь-декабрь айларында дизимге алынған қайтыс болғанлардың 56,3% и қан айланыў системасы кеселликлеринен, 11,2% и өсимтелерден, 7,9% и бахытсыз ҳәдийселер, зәҳәрлениў ҳәм жарақатланыўлардан, 4,0% и ас сиңириў органлары кеселликлеринен, 4,4%и дем алыў органлары кеселликлеринен, 1,2% и жуқпалы ҳәм паразитар кеселликлерден, сондай-ақ, 15,0% и басқа кеселликлер ақыбетинде қайтыс болған.

 

Ислам Матеков.