Өткен жылы Қарақалпақстанда 1 жасқа толмаған неше баланың өлими дизимге алынған? Олардың себеби неде?
Қарақалпақстан Республикасы статистикалық басқармасы берген мағлыўматларға қарағанда, Қарақалпақстанда 2018-жыл январь-декабрь айларында 1 жасқа толмаған 0,5 мың баланың өлими дизимге алынған.
Мағлыўматта келтирилиўинше, олардың 80,0% и перинаталлық дәўирде жүзеге келетуғын жағдайлар, 8,5% и дем алыў органлары кеселликлери, 4,9% и туўма аномалиялар, 0,7% и бахытсыз ҳәдийселер, зәҳәрлениў ҳәм жарақатланыўлар, 0,4% и жуқпалы ҳәм паразитар кеселликлер, сондай-ақ, 5,5% и басқа кеселликлер ақыбетинде қайтыс болған.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.