Студентлер турақ жайында шайыр Гүлнара Нурлепесова менен ушырасыў болып өтти

Институтымыздың студентлер турақ жайында шайыр Гүлнара Нурлепесова, Ҳажы ана Рәўшан Қудайбергенова ҳәм Нөкис қалалық №47 «Қумбыз аўыл» мәкан пуқаралар жыйыны жумысшы топар ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўды студентлер турақ жайы педагог-тәрбияшысы Р.Қудиярова басқарып барды.
Ушырасыўда мийманлар өзлериниң өмирлик тәжирийбелерин студент-жасларға айтып берип, бүгингидей заманагөй шараятлардан нәтийжели пайдаланып, елимиздиң раўажланыўына үлес қосатуғын жаслар болып жетилисиўин тиледи.

Шайыр Гүлнара Нурлепесова өз қәлеминен дөрелген қосықларын оқып берди.
Ушырасыў сораў-жуўаплар ҳәм пикир алмасыўлар менен даўам етти.