ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Қарақалпақстанда орташа айлық мийнет ҳақы қанша?

Экономикалық хызмет түрлери кесиминде мийнет ҳақы көрсеткишлерин улыўмаластырыў нәтийжесинде 2018-жылдың январь-декабрь айларында Қарақалпақстан Республикасында орташа айлық номинал есапланған мийнет ҳақы 1 730,7 мың сумды (мийнет ҳақына үстеме, сыйлық, хошаметлеў өзгешеликлерине ийе болған төлемлер, компенсация ҳәм исленбеген ўақыт ушын ҳақы сыяқлы төлемлер киргизилген, сондай-ақ, оның қурамында физикалық шахслардың дәрамат салығы, социаллық қамсызландырыў ҳәм кәсиплик аўқамына төлемлер де бар) қурады. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы статистикалық басқармасы хабар берди.

Бул көрсеткиш 2017-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 24,8% ке өсиўди тәмийинледи.

 

Ислам Матеков.