ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Институт психологы тарийх-география факультетинде студентлер менен сәўбетлесиў өткерди

Усы жылдың 5-февраль күни институтымыз психологы Г.Төрениязова тарийх-география факультетиниң студентлери арасында «Бахытлы шаңарақ, ер ҳәм ҳаял адам психологиясы» атамасында сәўбет өткерди.

Жыйналыста институт психологы шаңарақтағы тыныш ҳәм татыў турмыс, бахытлы шаңарақ қурыў бойынша мәсләҳәтлер берип, жаслардың ҳәр дайым разы болыў, ишки әлемди тынышландырыў, кешире билиў, өзине исеним, өмирде мақсет қойыў, жаман ой ойламаў, жан тазалығы, ой тазалығы, тилге абайлы болыў, нени әрманлайсыз сол ҳаққында көбирек сөйлеў, өмирди сүйиў кереклиги ҳаққында айтып өтти.