Шет тиллери факультетинде Арал апатшылығы мәселесине арналған оқыў курсы шөлкемлестирилди

Усы жылдың 4-февраль күни институтымыздың шет тиллери факультети питкериўши курс студентлерине «Президент Ш.Мирзиёевтиң «Арал апатшылығы ақыбетлерин сапластырыў стратегиясы ҳәм оның халықаралық әҳмийети» атамасындағы оқыў курсы болып өтти.

Оқыў курсында бүгинги күни тек ғана регионаллық емес, пүткил дүнья жүзилик экологиялық машқалаға айланған Арал апатшылығы ҳәм оның ақыбетлерин сапластырыўдың әҳмийети жөнинде айтып өтилди. Буның ушын Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 2018-жыл 24-август күни Түркменстан Республикасының Түркменбашы қаласында Аралды қутқарыў бойынша халықаралық қорын шөлкемлестириўши мәмлекет басшылары Кеңесиниң әнжуманында усыныс еткен Арал апатшылығын сапластырыўдың жаңа стратегиясы үлкен әҳмийетке ийе болғанлығын айрықша атап өтилди.