ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Дене мәденияты факультети студентлери азанғы дене шынығыўларды шөлкемлескенлик пенен атқармақта

Институтымызда усы ҳәпте «Спорт ҳәм саламатлық ҳәптелиги» деп жәрияланыўы мүнәсибети менен, дене мәденияты факультети студентлери де сабақлардан алдын ҳәм кейин дене шынықтырыў менен турақлы шуғылланбақта.

Усы жылдың 4-февраль күни факультеттиң бир топар студентлери пайтахтымыздағы «Туран» орайлық стадионында азанғы дене шынығыўларды иследи.