ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Тарийх-география факультетинде студентлер бос ўақытларын қалай өткерип атыр?

Институтымыздың тарийх-география факультетинде студентлердиң бос ўақытларын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде арнаўлы жоба тийкарында жумыслар алып барылмақта.

Усы жылдың 4-февраль күни факультеттиң географияны оқытыў методикасы 1-курс студентлери арасында шахмат бойынша жарыс өткерилди.

Тарийхты оқытыў методикасы тәлим бағдарының 3-курс студентлери И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейине саяхат етти.

Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими бағдарының 2-курс студентлери Әмет Шамуратов ҳәм Айымхан Шамуратованың үй музейине саяхат етти.

Географияны оқытыў методикасы тәлим бағдарының 2-курс студентлери үлкен оқытыўшы А.Искендеров басшылығында «Жас географ» дөгерегине қатнасты.

Тарийхты оқытыў методикасы ҳәм миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими бағдарының 1-курс студентлери Бердақ миллий музейине саяхат етти.

Тарийхты оқытыў методикасы тәлим бағдарының 4-курс студентлери Қарақалпақстан Республикасы Тарийх ҳәм мәденият мәмлекетлик музейине саяхат етти.

Географияны оқытыў методикасы ҳәм миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими бағдарының 3-курс студентлери И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейине саяхат етти.

Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими бағдарының 4-курс студентлерине үлкен оқытыўшы А.Алланиязов басшылығында «Президент Ш.Мирзиёевтиң «Арал апатшылығы ақыбетлерин сапластырыў стратегиясы ҳәм оның халықаралық әҳмийети» атамасындағы оқыў курсы болып өтти.